Новости

«Саламатлық» акциясы өткерилди

07.04.2024

«Саламатлық» акциясы өткерилди

Хабарыңыз бар, 7-апрель — Дүнья жүзлик Саламатлық күни. (https://t.me/www_kkmi_uz/2818?single)

Сәне мүнәстбети менен бүгин Қарақалпақстан медицина институтының профессор-оқытыўшылары ҳәм студент жаслары азанғы саат 9 дан — 14:00 аралығында Нөкис қаласы орайлық базар аймағында «Саламатлық» акциясын өткерди.

Онда институттың питкериўши курс студентлери ҳәм клиник ординаторлары пуқаралардың қан басымын, салмағын өлшеп медициналық саламат турмыс кешириў жоллары туўралы түсиниклер берди.

Күн даўамында олар 16 жастан 80 жас аралығындағы 600 ден зыят адамға хызмет көрсетти.

© 2024 Медицинский институт Каракалпакстана