Новости

Усы жылдың 22-июнь сǝнесинде, Қарақалпақстан Медицина Институтында Институт Кеңеси мәжилиси болып өтти

24.06.2024

Мәжилисте Институт Кеңеси баслығы О.Атаниязова ашты ҳәм күн тәртибин алып барды. Ол өз сөзинде Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың усы жылдың 20-июнь сǝнесинде “Инженерлик тараўларында кадрлар таярлаў ҳәм жоқары оқыў орынлары жумысын және де жетилистириў мәселелери” бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде ЖОО қойылған талаплар ҳаққында кеңнен түсиндирип өтти.

Соның менен бир қатарда Институтқа грант жойбары тийкарында июн айында 7 млн доллордан артық қаржы есапларына медициналық үскенелериниң алып келингенлигин ҳǝм бул заманагөй технологияларды өзлестириў ушын Япониядан қǝнигелер келип институт профессор-оқытыўшыларына семинар тренинглер өткергенлигин атап өтти.

Мәжилисте Мәмлекетлик бағдарлама «Өзбекстан–2030» стратегиясының 5 жөнелиси бойынша тийкарынан денсаўлық тараўына байланыслы болған ҳǝм белгилеп берилген ўазыйпалар бойынша Оқыў ислер бойынша проректор М.Курбаназаров сөзге шықты. Ол өз сөзинде ҚМИ 2024-жылда әмелге асырылатуғын тийкарғы бағдарлар ҳаққында баянат жасады.

Сондай-ақ, ҚМИ деканлары, Халықаралық бирге ислесиў бөлими, Ислер басқармасы ҳǝм Кәсиплик аўқам бойынша жуўапкерлердиң есабатлары тыңланды. Мǝжилис даўамында ағымдағы ис-ҳүжжетлериниң орынланыўы мәселелериде қаралды, жол қойылып атырған кемшиликлер сынға алынды.

Бул бойынша жуўапкерлерге тийисли ўазыйпалар белгиленди.

© 2024 kkmi