Yangiliklar

1-октябрь – «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» байрамы қарсаңында ҚМИ оқытыўшылары хошаметленди

30.09.2024

Бүгин, ҚМИ ректоратында көп жыллар даўамында жемисли мийнет етип атырған бир қатар оқытыўшыларға Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң «Ўзбекистон Республикаси Соғлиқни сақлаш аълочиси» ҳǝм Алғыснамалары тапсырылды.

Институт ректоры О.Атаниязова институтта нәтийжели жумыс алып барып, жас әўладтың сапалы билим алыўында өзиниң пидайы мийнетлери менен үлги болып киятырған ҳәм системаның раўажланыўы ушын өзиниң мүнәсип үлесин қосып атырған институтымыздың барлық пидайы профессор-оқытыўшыларын қутлықлады.

Соңынан, министрлик тǝрепинен сыйлықланғанларды атап өтти оларға арнаўлы көкрек нышанлары ҳǝм алғыснамаларын тапсырды.

Сыйлықланғанлар дизими:

▪️Хожамбергенова Феруза – “Ўзбекистон Республикаси Соғлиқни сақлаш аълочиси” көкирек белгиси;

▪️Шерланова Фируза – “Ўзбекистон Республикаси Соғлиқни сақлаш аълочиси” көкирек белгиси;

▪️Орынгалиева Нуржамал – Ўзбекистон Республикаси Соғлиқни сақлаш аълочиси” көкирек белгиси;

▪️Мамутов Шарап – Ўзбекистон Республикаси Соғлиқни сақлаш аълочиси” көкирек белгиси;

▪️Базарова Серегул – Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Алғыснамасы;

▪️Туримбетова Рахима – Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Алғыснамасы;

▪️Шуакбаева Нағима – Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Алғыснамасы;

▪️Ережепов Бахадир – Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Алғыснамасы менен сыйлықланды.

© 2024 kkmi