E'lonlar

Ҳүрметли ата-аналар!!!

24.09.2024

Қарақалпақстан медицина институты Университет Клиникасында туўма нуқсан менен туўылған балаларға кең түрде диагностика, жоқары технологиялық операция арқалы жәрдем көрсетилмекте.

Кейинги 2 жыл ишинде мыңнан (1000) аслам жоқары технологик операциялар исленди, соның ишинде 87 туўма жүрек нуқсанлы балаларға Кардиохирургик операциялар әмелге асырылды. Барлық операциялар жүдә жақсы нәтийже берди. Бундай жоқары технолгиялық операцияларға Ташкент, Самарқанд, Россия, Австрия, Корея, Америкадан врачлар келип жәрдем берди.
Клиникада тийкарынан төмендеги кеселликлер емленеди:

  1. Туўма жүрек нуқсан
  2. Ишки органлар туўма нуқсан кеселлиги
  3. Ортопедик (аяқ, қол буўынлары) туўма нуқсан
  4. Балаларда дисплазия
  5. Қулақ, мурын туўма нуқсан
  6. Қан системасы онкологик кеселликлер
  7. Балалар онкология кеселликлери

Жоқарыда келтирилген кеселлиги бар балалар район, қала емлеўхана, поликлиникалардан жоллама (направление) менен келиўи керек. Диагностика, емлеў – Клиникаға жатқан балаларға бийпул.
ҚМИ Клиникасы тәрепинен районларда консультациялар бериледи.
Анықланған кеселликлерди емлеў ушын Ташкенттен қәнийгелер келип операция ислейди.
Бундай операцияларға жазылыў ушын:

  • Клиникада 2-3 күн ишинде көриктен өтип Диагноз анықланыўы керек;
  • Тийисли кеселликлер Ташкенттеги врачлар менен консультация арқалы операцияға дизимге алынады ҳәм операцияға таярланады;
  • Анықланған ҳәм таярланған наўқасларға операция исленеди.

Октябрь айында – Жүрек нуқсан кеселлиги, ишки органлар туўма нуқсан кеселликлер, қулақ туўма нуқсан, ортопедик (буўын) кеселликлер бойынша бир топар қәнийгелер Ташкенттен келип операциялар ислейди.

Соның ушын, операция ислениўге мүтәж балалар, ҚМИ Клиникасында регистрация етип, Клиникада жатып көриктен өтип, таярланыўы керек.

Мағлыўмат ушын телефон:
+998913955644

© 2024 kkmi