Қарақалпақстан Республикасы илим ҳәм билимлендириў тарийхы мәмлекетлик мүзейи шөлкемлестирилмекте
25.09.2024 Поделиться
Қарақалпақстан медицина институты аймағында халқымыз мийрасларының кем ушырасатуғын тарийхый объекти болған Қарақалпақстанның дәслепки жоқары оқыў орны – Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының биринши имараты жайласқан. Бул имарат қарақалпақ халқының илим ҳәм билимлендириў тымсалы ҳәм бесиги есапланады. Бул жерде өткен әсирдиң пүткил илимий элитасы, Қарақалпақстан Республикасының ири илимпазлары, белгили шахслары, академиклери ҳәм жазыўшылары, атап айтқанда, Марат Нурмуҳамедов, Ибрайим Юсупов, Төлепберген Қайыпбергенов, Сабыр Камалов ҳәм басқалар билим алды.
Жоқарыдағыларды есапқа алған ҳалда,илимпазлар естелигин мәңгилестириў мақсетинде Қарақалпақстан медицина институты тәрепинен ҳүрметли Президентимиздиң республикамызға болған сапарында Қарақалпақстан Республикасы илим ҳәм билимлендириў тарийхы мәмлекетлик мүзейин шөлкемлестириў бойынша усыныс билдирилген еди. Усыныс қоллап -қуўатланып, бүгинги күнде музей шөлкемлестириў бойынша тийисли жумыслар алып барылмақта.
Процесстиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы илим ҳәм билимлендириў тарийхы мәмлекетлик мүзейин шөлкемлестириў бойынша жәмийетшилик қадағалаўы топары дүзилген.