
📢 Ҳүрметли профессор-оқытыўшылар, әзиз кәсиплеслер!
23.09.2025 Поделиться
Илим ҳәм ағартыўшылыққа хызмет етиў, тәжирийбе ҳәм идеяларыңызды кең жәмийетшиликке жеткериўдиң ең исенимли жолларынан бири – бул баспа басылымлар болып есапланады.
📰 Газета ҳәм журнал бетлеринде Сизиң:
- илимий мақалаларыңыз ҳәм аналитикалық пикирлериниз,
- жас әўлад тәрбиясындағы жетискенликлериңиз,
- институт турмысындағы жаңалықларыңыз кеңнен сәўлелендирилиўи мүмкин.
✨ Газета арқалы сөзиңиз тек ғана кәсиплеслериңизге емес, ал пүткил жәмийетшиликке жетип барады. Бул болса Сизиң абырайыңызды арттырып ғана қоймастан, ал илим ҳәм ағартыўшылықтың раўажланыўына да үлкен үлес қосады.
📅 Бүгин, 18-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң басламасы менен шөлкемлестирилген “Пресс ярмарка” ҳәптелиги жоқары шөлкемлескенлик пенен өтти.
📚 Қарақалпақстан медицина институтының профессор-оқытыўшылары ҳәм тюторлары да усы илажда белсене қатнасты ҳәм республикамызда басып шығарылып атырған газета ҳәм журналларға үлкен қызығыўшылық пенен жазылды.
Әзиз устазлар! Баспа басылымларға жазылыў арқалы Сиз тек ғана билим ҳәм тәжирийбе дәрегине ийе болып қалмай, ал елимизде руўхыйлық ҳәм ағартыўшылықты, саламат турмыс сырларын кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәрекетине өз үлесиңизди қосасыз.
👉 Келиң, биргеликте билим ҳәм ағартыўшылық байрағын бәлент көтерип, баспа басылымлардың ҳаўазын және де бәлентлетейик!
📌 Жазылыў ушын:
Институттың Мәлимлеме-ресурс орайы басшысы Қаршыға Наўрызбаеваға мүрәжат етиң.
📞 Телефон: +998973599789


