Jańalıqlar

Жаңа оқыў жылы “Ғәрезсизлик сабақлары” менен басланды

09.09.2024

Жаңа оқыў жылы “Ғәрезсизлик сабақлары” менен басланды

ҚМИда жаңа оқыў жылы көтериңки илаж бенен басланды. Институт ректоры студентлер ҳәм хызметкерлерди жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлап, усы жыл оқыўға киргенлерди айрықша қутлықлады.

Тәжирийбели оқытыўшылар ерисип атырған жетискенлик ҳәм оқыў шараятлары ҳаққында айтып берди. Барлық оқыў группаларында жаңа оқыў жылының басланыўы Өзбекстан Ғәрезсизлигиниң 33 жыллығына арналған «Биз бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек – Ўатанбыз!» сүрени астында лекциялар өткерилди. Сабақларды ректорат ағзалары, кафедра баслықлары ҳǝм тǝжирийбели профессор-оқытыўшылар алып барды.

Ең уллы, ең ǝзиз байрамға арналған илаж ҳǝм кешелер өсип киятырған жас ǝўлад қыялында ҳǝм қǝлбинде өшпес из қалдырыўы ушын жоқары дǝрежеде шөлкемлестирилди. Усы мақсетлер ушын институт студентлери ушын айрықша ис-илажлар режеси ǝмелге асырылыў нǝзерде тутылған.

© 2024 kkmi