Оқыў жылы басланыўы менен ректордың қутлықлаўы
09.09.2024 Поделиться
Ҳүрметли оқытыўшылар, студентлер, ординаторлар ҳәм магистрлар, клиника шыпакерлери ҳәм Қарақалпақстан Медицина Институты хызметкерлери! Ҳүрметли биринши курс студентлеримиз!
Барлығыңызды Жаңа оқыў жылының басланыўы менен шын кеўилимнен қутлықлайман!
Жаңа оқыў жылында бизди жаңа табысларға ҳәм жақсы нǝтийжелерге үлкен, басқышлар күтип турыпты! Тәлим сапасын асырыў, медицина тийкарларын терең үйрениў, емлеўдиң жаңа усылларын излеў, медицина кадрларын таярлаў, пуқараларымыз саламатлығын беккемлеў бойынша аўызбиршиликте, ең алдыңғы ҳәм дөретиўшилик мақсетлерин қоямыз.
Ең инсаныйлық кәсибин таңлап, мәмлекетимиздеги ең алдыңғы медицина жоқары оқыў орынларынан бири Қарақалпақстан медицина институтына оқыўға кирген биринши курс студентлеримизди үлкен қуўаныш пенен күтип алдым. Быйылғы жылы бизиң институтымызға 400 ден артық студентлер кирди, соның менен бирге, биринши рет Санкт-Петербург Мәмлекет Педиатрия Университети менен қоспа бағдарлама бойынша оқыўды жаңадан баслап атыр! Соның менен бирге, қатарымыз Россия, Пакистан, Индия, Туркменистаннан келген шет еллик студентлер менен толдырылды.
Қарақалпақстан медицина институтында сапалы тәлим алыў, әмелий көнликпелерди ийелеў, илимий-иззертлеўлер алып барыў, бос ўақытларын сапалы өткериў, халықаралық шерикликти раўажландырыў ушын барлық шараят жаратылған. 17 мәмлекеттиң жетекши университетлери менен бирге ислесиўлер жолға қойылған. Соңғы 2 жыл даўамында институт администрациясы тәрепинен институт Клиникасының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, жаңа илимий жөнелислерди раўажландырыў ҳәм медициналық хызмет сапасын асырыў ушын 10 миллион доллардан артық инвестиция алып келиўине ерисилди. Грант иззертлеў жойбарлары әмелге асырылмақта.
Профессор -оқытыўшылардың, ҳүрметли устазларымыздың күтә үлкен мийнетин айрықша айтып өтаекшимен; жаслар тәрбиясыдағы машақатлы мийнетлери, өз жумисына пидǝйылығы ушын рахмет. Сиздиң бийбаҳа тәжирийбеңиз бизге медицина хызметкерлериниң наўқыран әўладын тәрбиялаў имканиятын береди – питкериўшилеримиз де бирлемши медицина мәкемелеринде, де мәмлекетимиз ҳәм шет еллерде жетекши илимий орайларда мийнет етип атыр.
Исенимим кәмил, жаңа оқыў жылы нәтийжели, табыслы, қуўанышлы ўақыялар ҳәм жаңа жетискенликлерге бай болады. Жаңа оқыў жылында бәршеңизге саў-саламатлық, шаңарақлық пәраўанлық, бахыт ҳәм ығбал ҳәм үлкен табыслар тилеймен!
Қарақалпақстан медицина институты ректоры,
профессор, Орал Аминовна Атаниязова