
Санкт-Петербург мǝмлекетлик педиатрия медицина университети менен биргеликте қоспа тǝлим бағдарламасы
26.08.2024 Поделиться
Қарақалпақстан медицина институты Россия Федерациясы Санкт-Петербург мǝмлекетлик педиатрия медицина университети менен биргеликте қоспа тǝлим бағдарламасы тийкарында 2024-2025-оқыў жылы ушын абитуриентлерди бакалавриат тǝлим бағдарына оқыўға қабыллаў ҳаққында дағазалаған еди.

Тастыйықланған режеге муўапық, бүгин қоспа тǝлим бағдарламасына оқыўды қǝлеўшилерге ҚМИда химия ҳǝм биология пǝнлеринен тест болып өтпекте. Тест процесине институттың тǝжирийбели профессор-оқытыўшылары бириктирилип, абитуриентлердиң таярлығы сынаўдан өткерилип атыр.

Сондай-ақ, бул процесстиң ашық-айдынлығын тǝмийнлеў мақсетинде youtube социал тармағы арқалы туўрыдан-туўры эфирге берилмекте. Соның менен бир қатарда Санкт-Петербург мǝмлекетлик педиатрия медицина университетиниң жуўапкер шахслары тǝрепинен ZOOM платформасы арқалы бақлап бармақта.

Еслетип өтемиз, оқыўға қабылланған студентлер 3 жыл Қарақалпақстан медицина институтында, 3 жыл Санкт-Петербург мәмлекетлик педиатрия медицина университетинде оқытылады.
