Қарақалпақстанда “Саўынлы сыйыр кредит” жойбары даўам етпекте
12.07.2024 Поделиться
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм “ПЕРЗЕНТ” орайы 2022-жылдан баслап Республикамыздың арқа районларында жасаўшы кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын бийпул “Саўынлы сыйыр кредит” проектын әмелге асырып келмекте.
Бул ийгиликли исти ҳәр жылы турақлы даўам еттириў мақсетинде бүгин 12-июль күни Жоқарғы Кеңес депутаты, Сенатор ҳәм “ПЕРЗЕНТ” орайы баслығы Орал Атаниязова Қанлыкөл районы ҳәкими Б.Султанов қатнасында усы районның Сары алтын ҳәм Мәденият АПЖ турғынлары менен ушырасты. Ушырасыўда усы аймақта жасаўшы, кем тәмийинленген шаңарақлардан Т.Өтемисов ҳәм М.Есимбетов шаңарақларына гезектеги Саўын сыйырлар бийпул тапсырылды. Бул проект «ПЕРЗЕНТ» орайы ҳǝм Аўыл Пухаралар Жыйыны ағзалары бақлаўында алып барылады.
Бүгинги күнде «ПЕРЗЕНТ» орайы тǝрепинен берилегн барлық “Саўынлы сыйыр кредит” проект қатнасшылары (шаңарақлар) жақсы нǝтийже берди. Бул жойбар нǝтийжеси менен «ПЕРЗЕНТ» орайы Қанлыкөль районында Үлгили Фермер хожалығын шөлкемлестириў ҳаққында район ҳǝкими Б.Султанов пенен келисилди.