Daǵazalar

Дыққат дағаза!!!

13.05.2024

Ҳүрметли профессор-оқытыўшылар ҳǝм студент жаслар!

2024-жыл 22-май сǝнесинде саат 11:30 дан баслап ҚМИ Мǝлимлеме-ресурс орайында «Мениң институтыма мениң китабым саўға» атамасында китап акциясы өткериледи.

Бунда сизлер өзлериңиз оқыған ҳǝм оны басқалар менен үлеспекши болған китабыңызды, институтымызға естелик сыпатында өткериўиңиз мүмкин.

Сиз саўға еткен китаптан ǝлбетте, даўамшыларыңыз ҳǝм китапқумар студентлер өз алғысларын билдирип оқыйтуғынлығы анық.

Сонлықтанда өткерилип атырған «Китап акция»сына белсене қатнасыўға шақырып қаламыз!

Мағлыўмат орнында: Акция шеңберинде китап саўдасы менен шуғылланыўшы жǝмийетлерде өз ярмаркаларын институтымызда өткизеди.

© 2024 kkmi