«Жоқары медициналық билимлендириўдиӊ актуал машқалалары» атамасында халықаралық илимий-əмелий конференция
08.10.2024 Поделиться
Қарақалпақстан медицина институтында 2024-жыл 9-октябрь күни саат 10.00 «Жоқары медициналық билимлендириўдиӊ актуал машқалалары» атамасында халықаралық илимий-əмелий конференция өткериледи.
Конференцияда медициналық билимлендириўдиӊ модернизациясы, тараўда жүз берип атырған реформалар, медициналық кадрларды таярлаўда кредит-модул системасыныӊ əҳмийети, илим ҳəм билимлендириўдиӊ интеграциясы, медицинада симуляциялық оқытыўдыӊ актуаллығы ҳəм жоқары медициналық билимлендириўде халықаралық тəжирийбелер ҳаққында сөз етиледи.
Конференцияда Корея университети, Қазахстан миллий университети қəнийгелери өз баянатлары менен қатнасады.
Институттыӊ барлық профессор-оқытыўшыларын, магистрлерди, клиникалық ординаторларды конференцияда қатнасыўға мирəт етемиз.
Конференцияныӊ өткерилиў орны: ҚМИ бас оқыў корпусы, мəжилислер залы. Конференция қатнасыўшыларын дизимге алыў ўақты: 9.00-9.50.
Шөлкемлестириў комитети