Жәрдемге мүтәж шаңарақларға саўын сыйырлар тапсырылды
12.11.2024 Поделиться
Бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың турмыслық жағдайын жақсылаў бойынша кѳплеген ийгиликли ислер алып барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасы менен «ПЕРЗЕНТ» орайы тәрепинен 2022-жылдан берли республикамыздың арқа районларында жасаўшы кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын бийпул «Саўынлы сыйыр кредит» жойбары әмелге асырылып келинбекте.
Усы жылдың 10-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аппарат басшысы Жуматдин Идиятуллаев, Жоқарғы Кеңес депутаты Орал Атаниязова ҳәм «ПЕРЗЕНТ» орайы кординаторлар жойбардың наўбеттеги қатнасыўшылары болған, Шымбай районы «Тазғара» АПЖ ҳәм «Жипек жолы» МПЖ турғынлары, кем тәмийинленген Н.Узақбаева ҳәм У.Султановалардың шаңарақларына бийпул саўын сыйырларды тапсырды.
Сондай-ақ, аймақта жасаўшы пуқаралар менен жақыннан сәўбетлесип, машқалалары тыңланды. Олардың мүрәжатлары тез арада унамлы шешилиўине итибар қаратылды.
Буннан алдын «ПЕРЗЕНТ» орайы тәрепинен Қараөзек, Шоманай ҳәм Қанлыкөл районларындағы шаңарақларға бийпул саўын сыйырлар берилген еди.