Jańalıqlar

Қарақалпақстан медицина институтында “Питкериўши бакалавр – 2024” кешеси болып өтти

11.07.2024

Институт ректоры, профессор Орал Атаниязова жыйналғанларды шын кеўилден қутлықлап питкериў кешесин ашып берди.

Питкериў кешесинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес депутаты ҳǝм 1-санлы руўхый хәм неврологиялық кеселликлер диспансери бас шыпакери З.Палўанова, институт профессор-оқытыўшылары ҳǝм питкериўшилердиң жақынлары қатнасып, болажақ шыпакерлерди қызғын қутлықлады ҳәм алдағы машақатлы кǝсибинде әўмет яр болып, жоқары нәтийжелерге ерисиўинде тилеклеслик билдирди.

Қарақалпақстан медицина институты усы күнге шекем ҳәр жылы шыпакерлерди жетилистирип келмекте. Атап айтқанда институт Педиатрия иси бойынша 28-жылы студентлер питкерген болса, Емлеў иси бағдарында 22, Жоқары мийирбекелик иси бойынша 17, Медико-профилактика иси 15, Стоматология 8, Фармация бойынша 3-жылы питкермекте.

Қуўанышлысы жоқарыдағы бағдарлардың саны көбеймекте. Яғний усы жылы «Халық медицинасы» бағдары бойынша биринши 20 питкериўши оқытып жетилистирди. Бүгинги күнге келип тәлим алған кадрлар тек ғана республика аймағында емес бәлким шет еллерде жумыс ислеп келмекте.

Усы орында айрықша атап өтиў тийис, быйылғы питкериўшилер арасында Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң Қарақалпақстан Республикасы жасларына, соның ишинде Мойнақ районы жасларына қаратқан айрықша итибары нәтийжесинде институтымызға қосымша квоталары менен оқыўға қабыл етилген жасларда питкерип шықпақта. Бул квота тийкарында арқа районлар Мойнақ, Тахтакөпир, Караөзек, Бозатаў ҳәм Кегейли районларынан қабылланған жәми 48 студент-жаслар енди сол районларға барып 10 жыл жумыс ислеп бериў миннетлерин орынлайды.

Жәнеде быйылғы питкериўшилер арасында тек ғана Өзбекстан Республикасының барлық ўалаятлары, Карақалпақстанның жаслары ғана емес, соның менен бирге Түркменстан Республикасынан 6 питкериўшилерде бар екенлигин айтып өтиў орынлы.

Кешеде питкериўшилердиң салтанатлы Ант бериў мәресими болды. Соңынан, оқыў жыллары даўамында сабақларды өзлестириў көрсеткиши, жақсы минез-қулқы ҳәм руўхый-ағартыўшылық, жәмийетлик жумысларда белсендилиги менен теңлеслерине өрнек болып келген айрым питкериўшилердиң ата-аналарына ҚМИ админстрациясы атынан Миннетдаршылық билдирилди.

Сондай-ақ, айрықша баҳалар ҳәм үлгили минез-қулқы, илимге қызығыўшылығы, пидайылығы менен теңлеслерине өрнек болып питкерген студентлерге Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

ҚМИ Баспсөз хаткери

© 2024 kkmi