Jańalıqlar

Студентлерге нәшебентликтиң унамсыз ақыбетлери түсиндирилди

14.11.2024

Бүгин ҚМИ студентлерине «Нәшебентлик, психотроп ҳәм күшли тәсир етиўши дәрилердиң нызамсыз айланыўына қарсы гүресиў» илажи болып өтти.

Илажға, ҚР ИИМ Жинаят қыдырыў басқармасы нǝшебентликке қарсы гүресиў бөлиминиң аға оператив ўǝкили Р.Қǝллибеков ҳәм Институтқа бириктирилген Т.Қарлыбаева ҳәм студентлер қатнасты.

Илажда бул иллет инсанның өмири ҳәм денсаўлығы ушын қаншелли қәўипли екенлиги ҳәм жаслар тәрепинен әмелге асырылатуғын көп ғана ҳуқықбузарлықларға, мине, усы иллет себеп болып атырғанлығы атап өтилди.

Сондай-ақ, илаж даўамында нәшебентлик затлардан пайдаланыўдың адам денсаўлығына, оның социаллық статусына, жақынлары менен қарым-қатнасына кери тәсирин тийгизетуғынлығы, буның ақыбети аўыр болатуғынлығы сөз етилди.

Сонлықтан, бул машқала тек бизиң елимизди емес, ал пүткил дүнья жүзин үлкен тәшўишке салмақта. Оған қарсы гүресиў ҳәм алдын алыў бойынша халқымыз, соның ишинде, жасларымыз арасында кең көлемли үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Жасларды жәмийетимизге жат болған қәўиплерден қорғаў, ана Ўатанға ҳүрмет ҳәм миллий қәдириятлар руўхында тәрбиялаў баслы ўазыйпалардан саналады. Бул бағдарда жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўге қаратылған үгит-нәсият илажларын турақлы түрде алып барыў тийис екенлиги атап өтилди.

Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

© 2024 kkmi