Jańalıqlar

ҚМИда Республикалық илимий-ǝмелий семинар болып өтти

13.09.2024

Кеше, 12-сентябрь күни Қарақалпақстан медицина институтында «Балаларда туўма нуқсанларды ерте анықлаў ҳǝм емлеў мǝселелери» атамасындағы Республикалық илимий-ǝмелий семинар болып өтти.

Семинар барысында Арал бойы регионында жасаўшы балалар арасында ушырасатуғын туўма нуқсанлардың түрлери, олардың келип шығыў себеплери, бул кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм даўалаў усыллары ҳақкында сөз етилди.

Дǝслеп, Институт ректоры, м.и.д., профессор О.Атаниязова семинарды кирис сөз бенен ашты ҳǝм «Балаларда туўма нуқсанлар ҳәм экологиялық факторлар» атамасында баянат иследи. Соңынан, Республикалық қәнийгелестирилген Ана ҳәм бала салматлығы илимий-әмелий орайы Қарақалпақстан филиалы «Ана ҳәм бала скрининги» бөлими баслығы, м.и.д. А.Н.Каландарованың «Ҳǝмледе туўма раўажланыў нуқсанларын ҳǝм нǝсиллик кеселликлерди ерте анықлаў» темасында, ҚМИ оқыў ислери бойынша проректоры, PhD М.К.Курбаназаровтың «Балаларда көриў ағзалары туўма нуқсанларының структурасы» атамасында баянатлары тыңланды.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан медицина институты клиникасында 2022-2024-жыллар даўамында туўма жүрек нуқсанлары, еситиў, көриў, тирек-қозғалыс ағзалары нуқсанларын емлеў мақсетинде әмелге асырылған операциялар бойынша мағлыўматлар берилди.

Усы орында айтып өтиў тийис, ҚМИ клиникасында тийкарынан туўма нуқсанға ийе балаларды емлеў әмелге асырылады. Клиникаға турақлы рәўиште Санкт-Петербург, Ташкент, қалаларынан, 2023-жылы АҚШ «The William Novick Cardiac Alliance» жетекши қәнийгелери келип, қурамалы операцияларды әмелге асырмақта ҳәм балаларға хирургиялық жәрдем көрсетилмекте.

Илимий-әмелий семинарда Вена медицина университети профессоры Ханс Мошхаммер, институт профессор-оқытыўшылары, излениўшилер, магистрлер, клиникалық ординаторлар ҳәм талабалар қатнасты.

© 2024 kkmi