Daǵazalar

Ҳүрметли ата-аналар!!!

29.10.2024

Қарақалпақстан медицина институты Университет Клиникасында наўқаслады даўалаў ушын медициналық стандартларға толық жуўап беретуғын шараятлар жаратылған. Клиникамыз туўма нуқсан менен туўылған балаларға кең түрде диагностика ҳǝм жоқары технологиялық операция арқалы жәрдем көрсетип келмекте.

Атап айтқанда, усы жылдың сентябр-октябрь айларында Академик В.Вахидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургия орайының хирург шыпакерлери, Республика балалар ортопедия орайының жоқары дәрежели травматолог-ортопедлери, Ташкент медицина Академиясының жүз-жақ хирурглары республикамыздағы туўма нуқсаны бар болған балаларды операция жолы менен даўалаў ушын ҚМИ Клиникасына келип бийпул операцияларды ǝмелге асырды.

Усындай қайырқомлық акцияларды даўам етиў мақсетинде усы жылдың 2-ноябрь сǝнесинде Балалар миллий медицина орайы хирурги Султанов Ҳошимжон, 11-ноябрь сǝнесинде Республика қәнигелестирилген хирургия илимий әмелий медицина орайының Кардиохирурги Умид Мурадовтың командалары ҚМИ клиникасына келмекте.

Егерде Республикамыздың балаларында, ишки қурылыс кесселиклери (аномалия) ҳǝм туўма жүрек нуқсаны бар болған балалардың операция ислениўине ҳǝм даўланыўына мүтәжлиги бар болса, ҚМИ Клиникасына 29-октябрь сǝнесинен баслап регистрациядан өтип, Клиникада жатып көриктен өткерилиўи ҳǝм таярланыўы керек.

Барлық медициналық хызметлер бийпул ǝмелге асырылады!

Мағлыўмат ушын телефон:
+998913955644

© 2024 kkmi