Jańalıqlar

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН МЕДИЦИНА ИНСТИТУТЫНДА КАДРЛАР ТАЯРЛАЎ

10.08.2024

Социал тармақларда Қарақалпақстан медицина институты ҳаққында дөҳмет пайда болды – «НОХАҚ ЙИҚИТИЛГАН 120ТА ТАЛАБА … ». Бул мағлыўматлар жалған ҳǝм институттың абыройына дақ келтиреди.

Интервью берген жигит (Мамажонов Баходир) Қарақалпақстан медицина институтында оқымайды ҳǝм мағлыўматлар ҳақыйқатқа туўры келмейди.

Институтта оқыў процесси жақсы дǝрежеде, пүткил тǝлим системасы ҳǝзирде  HEMIS системасы арқалы санлы форматта. 2023-2024-оқыў жылы көрсеткиши 97,4 пайызды қурап, жоқары көрсеткиш есапланады. Академик қарыздарлық себепли 70 студент қайта оқыў жылына қалдырылды, бул 2,6 пайызды қурайды. Салыстырыў ушын, анализлеп қаралғанда, абыройлы жоқары оқыў орынлары студентлердиң 15-20 пайызы, екинши дǝрежели жоқары оқыў орынларында болса 8 пайызы оқыўдан шетлетилген. (Москва Мǝмлекетлик университети ректоры, В. Садовничий 2023).

ҚМИда академик қарыздарлық себеплери:

• Жуўмақлаўшы билим сынаўларынан 4 пǝннен “қанаатландырарсыз” баҳа;

• Қайта имтихан ўақтында “қанаатландырарсыз” баҳалар;

Бул студентлер ҳǝм ата-аналары менен ректор Орал Аминовна Атаниязова жеке өзи ушырасып, сǝўбет шөлкемлестирди. Бул бойынша жағдайды үйрениў мақсетинде институт комиссиясы дүзилип, ҳǝр бир студент ҳǝм олардың ата-аналары менен сǝўбет өткерилди.

Тилекке қарсы бирнешше ушырасыў ҳǝм сǝўбетлесиўлерге қарамай, бир қатар студентлер ҳǝрқыйлы мǝкемелерге шағымлар киритеди. Институтта бул мǝселени 10нан артық комиссия үйренди. Шағымларды үйрениўде бул мағлыўматлар тастыйықланбады.

Социал тармақларда мǝмлекет органларының абыройына зыян жеткерилген жалған мағлыўматлардан пайдаланыўға шек қойыў ҳǝм жазаға тартыў керек.

Институт хызметкерлери оқыў басқышларын сапалы өткериў ҳǝм тǝжирийбели медицина кадрларды таярлаў ушын барлық илажларды ǝмелге асырмақта. Себеби шыпакерлердиң мийнети инсан өмири менен байланыслы-ғо!

Қарақалпақстан медицина институты жǝмǝǝти

© 2024 kkmi