Jańalıqlar

ҚМИда «Инсан саламатлығына тәсир етиўши тийкарғы экологиялық факторлар» атамасында Республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти

19.06.2024

ҚМИда «Инсан саламатлығына тәсир етиўши тийкарғы экологиялық факторлар» атамасында Республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти

Оған, институттың профессор-оқытыўшылары, излениўлер алып барып атырған оқытыўшылар ҳǝм магистрантлар, студент жаслар қатнасты.

Конференция даўамында республикамыздың экологиялық ықлымның өзгериўине сыртқы орталық факторларының нǝтийжесинде инсан саламатлылығына тǝсир етип атырған, ишимлик суў, патас ҳаўа яғный шығындылардың утилизациясы ҳǝм басқада факторлар анализленип қаралып атырғанлығы атап өтилди.

Өз нǝўбетинде бул бағдарларда шет ел тǝжирийбелери үйренилип оларды ǝмелиятқа енгизилиўи керек болған зǝрүр мǝселелерге дыққат қаратыў ҳǝм қолайсыз экологиялық факторлардың организмге кери тәсирин кемейтиў бойынша илимий тийкарланған усыныслар ислеп шығып, халықтың ден-саўлығын қорғаўға қаратылған актуал машқалаларға итибар қаратылды.

© 2024 kkmi