Jańalıqlar

Өзбекстанда балалар онкологиясы ҳәм гематологиясы бойынша «Дәлиллерге тийкарланған ҳәрекет» биринши Халық аралық конгреси өткерилмекте

19.06.2024

Өзбекстанда балалар онкологиясы ҳәм гематологиясы бойынша «Дәлиллерге тийкарланған ҳәрекет» биринши Халық аралық конгреси өткерилмекте. Конгресске 300 ден зыят қатнасыўшы, сондай-ақ, ЖДСШ, Халық аралық балалар онкологлары жәмийети, Европа онкологлар мектеби, шет ел университет клиникалары ҳәм жетекши медицина орайлары басшылары, халық аралық ҳәм миллий илимий орталықлар ҳәм пуқаралық жәмийети ўәкиллерин топлады.

Усы Конгресске Қарақалпақстан медицина институты ректоры Орал Атаниязовада қатнаспақта.

Атап өтиў тийис, ҚМИ университет Клиникасы Балалар онкологиясы ҳǝм гематологиясы бөлими 2022-жылы ашылған болып, бүгинги күнде ол жерде наўкас болған балалар бийпул даўаланып атыр.

© 2024 kkmi